Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисин өткерди

487

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев «Загулба» резиденциясында тар шеңберде ушырасыў ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисин өткерди.

Өзбекстан – Әзербайжан дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында кооперация ҳәм алмасыўларды кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул ретки мәмлекетлик сапары ҳәм Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси еллеримиз арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленип атырған жылда өтип атырғанын айрықша атап өтти.

– Қатнасықларымыз тарийхта ҳеш қашан бүгингидей жоқары дәрежеде болмаған, – деди Өзбекстан жетекшиси.

Президентлер көп тәреплемели бирге ислесиў барлық дәрежелерде жедел раўажланып атырғанын атап өтти. Кеше Хийўа қаласында биринши Парламентлераралық форум болып өтти. Бакуде Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм Аймақлар форумы нәтийжели өтти. Жақында Әндижанда биринши мәрте ректорлар форумы шөлкемлестирилип, 60 тан аслам шәртнамаға қол қойылды. Әзербайжанның «Ширвон» ансамбли Хийўа бақсышылық фестивалының гран-прин қолға киргизди.

Экономикалық кооперация жылында товар алмасыў көлеми 25 процентке артты. Жойбарлар портфели 4 миллиард долларға жеткен. 300 ге шамалас биргеликтеги кәрхана жумыс алып бармақта.

Сапар етиў даўамында Баку қаласында «Өзбекстан» бағының қурылысына старт бериледи ҳәм мәмлекетимиздиң Әзербайжандағы елшиханасының жаңа имараты ашылады.

Парламентлер, ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм аймақлар дәрежесиндеги әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды. Халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлемин жылына 1 миллиард долларға жеткериў имканиятлары ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Санаат, инфраструктура, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, туризм, банк ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларды өз ишине алған айрықша Кооперация бағдарламасы қабыл етилип атырғаны атап өтилди.

Биргеликтеги инвестициялық компанияның жумысын кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Исбилерменлер кеңеси ҳәм Санаат ҳәм экономикалық зоналар форумы сыяқлы бирге ислесиўдиң жаңа форматлары қоллап-қуўатланды.

Транспорт-коммуникация тараўындағы шерикликке айрықша итибар қаратылды. Орта коридорды раўажландырыўда қатнасыў жойбарлары додаланды.

Бул коридор арқалы тасылып атырған Өзбекстан жүклериниң көлеми 25 процентке – 1 миллион тоннадан асламға артқаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Буннан тысқары, усы жылы март айынан баслап жүк тасыўда электрон рухсатнамаларға өтиў тәмийинленди.

Сондай-ақ, Европаға электр энергиясын экспорт етиў бойынша биргеликтеги жойбарды таярлаўды жеделлестириўге келисип алынды.

Дипломатиялық қатнасықлар юбилейин мүнәсип белгилеў мақсетинде тәреплер усы жылдың гүзинде бир қатар биргеликтеги мәдений ҳәм жаслар илажларын өткериўге келисип алды.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты.

Мәжилисте Ҳүкиметлераралық комиссияның жәрдемши баслықлары, транспорт, энергетика ҳәм мәденият министрлериниң сөйлесиўлер күн тәртиби бойынша есабатлары тыңланды.

Мәжилис жуўмақлары бойынша «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

ӨзА