Президент Шавкат Мирзиёев Әзербайжанға мәмлекетлик сапарын баслады. Сапар етиў даўамында мәмлекетимиз басшысы Баку, Ханкенди, Шуша ҳәм Ағдам қалаларында болады.

340

Бүгин еки мәмлекет жетекшилери Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисин өткереди, «Өзбекстан» бағының тырнағын қалайды ҳәм Өзбекстанның Бакудеги елшиханасының жаңа имаратын ашып береди.

Ертең Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Илҳам Алиев сөйлесиўди Әзербайжанның Қарабағ районында даўам еттирип, Хонкендидеги биргеликтеги тигиўшилик фабрикасы ҳәм Ағдам қаласындағы «Имарат» тарийхый-архитектуралық комплекси менен танысады.

Сапарға таярлық шеңберинде санаат кооперациясы бойынша салмақлы келисимлер топламы қәлиплестирилген.

Сапар етиўдиң илажларға бай бағдарламасы 2024-жылы аўқамласлық статусын алған Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларының мисли көрилмеген жоқары дәрежеге шыққанын көрсетеди ҳәм еки мәмлекет басшыларының алдынғы ушырасыўларында ерисилген келисимлердиң логикалық даўамы болып есапланады.

ӨзА