2-июль – «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген күн

Герб – ҳәр бир мәмлекеттиң белгиси, халықтың тымсалы. «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам 1992-жылы 2-июльде Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 10-сессиясында қабыл етилген.
Мәмлекетлик герб дөңгелек көриниске ийе болып, фигураның шеп тәрепи ырысқы-несийбемиз тымсалы – бийдай масақларынан, оң тәрепи болса өзбектиң даңқын дүньяға таратқан бийбаҳа байлығымыз – шанақлары ашылған ғаўаша шақаларынан ибарат шеңберге оралған. Алыстағы таўлар ҳәм дәрьялар көринисинде гүлленген ойпатлық үстинде қуяш алтын нурларын шашып турады.
Гербтиң жоқары бөлегинде болса Өзбекстан азатлығының белгиси сыпатында сегиз мүйешли жулдыз, оның ишки бөлегинде ярым ай ҳәм жулдыз мәниси мәмлекет халқының көпшилик бөлеги ислам динине исениўи, орайында – бахыт ҳәм еркинлик сүйиўшилик белгиси – қанатларын жайған Қумай қусы сүўретленген.
Гербтиң төменги бөлиминде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағын сәўлелендириўши шеңбер лентасына «Өзбекстан» деп жазып қойылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги