Ақшакөл жағасы – жаңа туризм орайына айланады

Елликқала районында туризм потенциалын раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыў мақсетинде әҳмийетли жойбар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, усы районда жайласқан Ақшакөл бойында «Зарбдор» тәжирийбеси тийкарында заманагөй туризм-рекреациялық зона қурылады.
Баслама шеңберинде улыўма баҳасы 73,4 миллиард сумды қурайтуғын жойбар тийкарында көл әтирапында толық инфраструктура жаратылады. Оған муўапық, 3 мийманхана, 18 мийман үйи, 20 миллий усылдағы қара үй, 2 ресторан ҳәм бир қатар хызмет көрсетиў обектлериниң қурылысы режелестирилген.
Жойбар толық әмелге асырылғаннан соң, аймақта 75 жаңа жумыс орны жаратылыўы күтилмекте. Бул болса тек ғана жергиликли халықтың бәнтлигин тәмийинлеп қоймастан, ал туризм тараўындағы хызметлердиң сапасын арттырыўға да хызмет етеди.
Бундай жойбарлар Қарақалпақстанның туристлик потенциалын және де арттырыў, аймақтағы экотуризм ҳәм миллий дәстүрлерге бай дем алыў орынларын раўажландырыўға әҳмийетли түртки болатуғынын атап өтиў орынлы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги