Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола, 2-4-июнь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, 2-3-июль күнлери Баку қаласында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси ҳәм басқа жоқары дәрежедеги илажлар болып өтеди.
Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды және де беккемлеў, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында кооперация ҳәм алмасыўларды кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.
Өзбекстан Президенти 4-июль күни Хонкенди қаласында Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң 17-саммитинде қатнасады ҳәм еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.
ӨзА