1-июльден нызамшылықта нелер өзгереди?

2025-жылдың 1-июлинен Өзбекстан нызамшылығында нелер өзгереди?
-Айырым экоактив пуқараларға субсидия бериледи.
-Исбилерменлерге жаңа миннетлемелер жүклейтуғын нормаларды қабыл етиўге мораторий жәрияланады.
-Биринши мәрте ҳуқықбузарлық ислеген исбилермен жуўапкершиликтен азат етиледи.
-Майыплық пенсиялары проактив түрде тайынланады.
-Балалар ушын контент жаратқан шахсларға салық жеңилликлери бериледи.
– Билимлендириўдиң жаңа түрлери енгизиледи
-Пенсия ҳәм напақалар муғдары арттырылады.
-Билимлендириў шөлкемлериниң жумысы 2 басқышта жолға қойылады.
-“Жанлы атқарыў ҳәптелиги” өткериледи.
– Айырым шахсларға ҚҚС 1 жумыс күнинде қайтарылады.
-Энергия нәтийжелилигин арттырыў хошаметленеди.
-Денсаўлықты сақлаў системасын шөлкемлестириўдиң жаңа модели енгизиледи.
-Айырым шыпакерлерге үстеме төленеди,-дем мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги