«Онко-бақлаў» ханасында 30-65 жастағы ҳаяллардан анализ алыў басланды

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў бойынша Скрининг жумыслары және де жетилистирилмекте,-деп хабар бермекте Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң баспасөз хызмети.
Өзбекстан Республикасы Президентинин 2024-жыл 22-ноябрьдеги «Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди. Бул қарарда ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди ерте басқышта анықлаў, емлеў тараўын жетилистириў, скрининг тексериўлерин нәтийжели шөлкемлестириў, заманагөй скрининг усылларын әмелиятқа кеңнен енгизиў, усы бағдарда алып барылып атырған илажларды муўапықластырыў, қәнигелердиң билимин арттырыў ҳәм көнликпелерин жетилистириў баслы ўазыйпа етип белгиленген.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен барлық районлық ҳәм қалалық медицина бирлеспелерине 30-40-50 жастағы ҳаял-қызларда жатыр мойны рак кеселлиги скрининги, адам папиломасы вирусын полимераза шынжырлы реакция (ПЦР) тексериўи арқалы анықлаў мақсетинде анализлеў ҳәм алынған анализлерди қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илмий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалында шөлкемлестирилген орайлық лабораторияға жибериў ўазыйпасы тапсырылған.
Жоқарыда көрсетип өтилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде Нөкис қалалық медициналық бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиниканың «Онко-бақлаў» ханасында 30-65 жастағы ҳаяллардың «Скрининг-реестр программасы» жаратылды ҳәм ПЦР тексериўден өткериў режелестирилген 2684 ҳаялдан анализ алыў басланды.

Онда, «терис» нәтийже шыққан ҳаяллар 10 жылдан соң қайта тексериўден өткериледи, ал «оң» нәтийже тастыйықланған ҳаяллар қосымша тексериўге жибериледи.
Ҳаял-қызлардың саламатлығы өз қолында екен, ҳаял-қызларды Скрининг тексериўден өтиўге шақырып қалады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.