Топ-300 жоқары оқыў орнына кирген жасларға 20 мың долларға шекем жеңиллетилген тәлим кредити бериледи

383

Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўы даўам етпекте.

“Билимлендириў – келешек инвестициясы” деген ийгиликли идея жәмийетимизде үлкен ҳәрекетке айланбақта.

Жақында “Эл-юрт умиди” қорының жумысы жетилистирилди. Енди топ-300 лик жоқары оқыў орнына киргенлер ушын оқыў ҳәм жасаў қәрежетин қаплаў системасы жаңа тәртипте ислей баслайды.

Бәринен бурын, STEM бағдарлары (илим, технология, инженерлик ҳәм математика), энергетика, транспорт, урбанизация, архитектура, қурылыс, аўыл ҳәм суў хожалығы сыяқлы драйвер тараўлар ушын квоталар бир неше есеге арттырылады.

Енди банклер топ-300 лик жоқары оқыў орнына кирген жасларға 20 мың долларға шекем жеңиллетилген тәлим кредити береди.

ӨзА