Жасалма интеллекттиң миллий моделин ислеп шығыў басланғаны жәрияланды

Жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша банк-қаржы, денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм энергетиканы тийкарғы бағдар сыпатында белгилеп, 100 жойбар әмелге асырылады.
Мәмлекетимиз басшысы қәдириятларымыз ҳәм мәдениятымызды өзинде сәўлелендиретуғын жасалма интеллекттиң миллий моделин ислеп шығыў басланғанын жәриялады.
Бул бай тарийхымыз ҳәм заманагөй көзқарасларды өзинде жәмлестирип, жаслардың жаңа креатив идеяларын қәлиплестириўге хызмет етеди.
Бул система нәтийже бериўи ушын Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте “Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери” бағдарламасы иске қосылмақта.
Усы жылдың өзинде «AI study» платформасы арқалы кеминде 100 мың жасларымыз жасалма интеллект технологияларын үйренеди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўы даўам етпекте.
ӨзА