Президент: мәҳәлледе бир баланың надурыс жолға кириўи де айрықша жағдай болыўы керек

297

Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен ушырасыўы даўам етпекте.

– Әлбетте, жаслардың тилин жаслар түсинеди, олар бир-биринен өрнек алады, бир-бирине мотивация береди. Соның ушын, 9 мыңнан аслам мәҳәлледе жаслар жетекшилерин тайынладық. Олар үш жыл даўамында көп нәрсени үйренди, жетерли тәжирийбе арттырды. Енди, олар мектеп, техникум, тил ҳәм кәсип орайлары менен де ислесиўди үйрениўи керек, – деди Президент.

Мәҳәллелеримизде 167 мың жәмлеспеген жаслар, тәрбиясы аўыр ҳәм ҳуқықбузарлық еткен 17 мың оқыўшы бар екенлиги ҳәммени ойландырыўы керек екенлиги атап өтилди.

Усы жерде мәмлекетимиз басшысы жаңадан сайланған мәҳәлле баслықларына мүрәжат етти:

– Мәҳәлледеги тынышлық, аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт, саламат орталық кимге байланыслы? Бәринен бурын, сизлерге байланыслы. Мәҳәлледе бир баланың надурыс жолға кириўи де айрықша жағдай болыўы керек. Соның ушын, ҳәр бир бала ҳаққында, оның тәғдири, келешеги ҳаққында бәринен бурын сизлер көбирек қайғырыўыңыз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА