Өзбекстан ЖБШ ҳәм Швейцария экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң глобал Бағдарламасында  белсене қатнаспақта

238

Брюссельде Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлоновтиң Жәҳән бажыхана шөлкеминиң Бас хаткери Ян Сондерс пенен ушырасыўы болып өтти.

186 мәмлекеттен делегациялар қатнасып атырған усы  сессияда Жәҳән бажыхана шөлкеминиң Бас хаткери  бар имканиятлардан келип шығып, тек  оған жақын мәмлекетлик бажыхана хызметиниң басшылары менен еки тәреплеме ушырасыў өткере алатуғынын айрықша атап өтиў зәрүр.

Бул мәмлекетлер қатарында Өзбекстанның да бар екенлиги бажыхана тараўында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар шөлкемниң турақлы дыққат орайында турғанын аңлатады.

Өзбекстан Жәҳән бажыхана шөлкеми ҳәм Швейцария экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң Саўданы қоллап-қуўатлаў глобаллық Бағдарламасында белсене қатнаспақта.

Бағдарламаның 2024-2027-жылларға мөлшерленген екинши басқышы трансшегаралық саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, саўда қәрежетлерин азайтыў, бажыхана рәсмийлестириўи нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған бир қатар илажларды нәзерде тутады.

Сондай-ақ, Жәҳән бажыхана шөлкеми ҳәм Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң биргеликтеги жойбарлары шеңберинде қәўип-қәтерлерди басқарыў ҳәм товарларды шығарыў ўақтын үйрениў бойынша 10 ға шамалас семинарларда Бажыхана комитетиниң хызметкерлери белсене қатнасты.

Бажыхана комитетиниң хызметкери Ш.Ниязовтиң ЖБШ халықаралық эксперти статусын қолға киргизгени өз-ара бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси сыпатында атап өтилди.

Комитет баслығы келеси жылы болып өтетуғын Жәҳән бажыхана шөлкеминиң кинология бойынша глобал  форумын Өзбекстанда өткериў ҳәм «Ақыллы бажыхана» концепциясы шеңберинде  өз-ара бирге ислесиўди және де кеңейтиў усынысларын алға қойды.

Ушырасыўда  тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиң перспективадағы бир қатар бағдарларларын белгилеп алды.

Ш.Маматуропова, ӨзА