Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери ЕАЭА саммити шеңберинде ушырасыў өткерди

189

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин 27-июнь күни Минск қаласындағы Евроазия экономикалық аўқамы саммити шеңберинде ушырасыў өткерди.


Еки тәреплеме  бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары  додаланды.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң өсиў пәтин тәмийинлеў, тийкарғы кооперация жойбарларын алға қойыў, аймақлардың нәтийжели  қатнасықлары ҳәм жедел мәдений-гуманитар алмасыўды қоллап-қуўатлаў бағдарында биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслар қанаатланыўышылық пенен атап өтилди.

ӨзА