Жаслар күни мүнәсибети менен елимиздиң белсенди ҳәм интакер жас әўлад ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында

286

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Елимизде жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў мақсетинде өзиниң жоқары күш-ғайраты, дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық потенциалы, талант ҳәм қәбилетин көрсетип, ҳадал ҳәм нәтийжели мийнети, түрли тараўларда ерискен жетискенликлери менен елимиздиң раўажланыўына, оның халықаралық абырай-мәртебесин буннан былай да арттырыўға мүнәсип үлес қосып атырған, ана Ўатанымызға меҳри ҳәм садықлығы, үлгили минез-қулқы ҳәм әдеби, ўатансүйиўшилик пазыйлетлери менен заманласларына өрнек болып киятырған төмендеги интакер ҳәм жетекши жаслар «Келажак бунёдкори» медалы менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Абдиганиева Надира Абдиназар қызы – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-басқыш магистранты.

Исмоилов Жамшидбек Рашид улы – Төрткүл районындағы «Наўайы» мәкан пуқаралар жыйынының жаслар жетекшиси.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                    Ш.Мирзиёев

Ташкент қаласы,

2025-жыл 28-июнь