Байрам илажы көтериңки руўхта өткерилди

119

27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасында байрам илажы болып өтти.
Онда басқарма баслығы А.Юлдашов сөзге шығып, баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин байрам мүнәсибети менен қутлықлап, жумысларында табыслар тиледи.


Илажда атап өтилгениндей, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери елимиздиң барлық тараўларында алып барылып атырған кең көлемли реформаларды жарытыўда сондай-ақ, орынларда болып атырған машқалалар ҳәм кемшиликлерди сынға алып оларды сапластырыўда айрықша орны бар. Әсиресе, инсан қәдир-қымбаты барлық нәрседен үстин туратуғын елимизде халқымыздың конституциялық ҳуқықларын, жәмийетимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, глобал мәлимлеме майданында халық, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаўда олардың салмақлы мийнетлерин көремиз.


Мәмлекетимиздиң раўажланыўында жаңа ҳәм әҳмийетли басқышқа қәдем қойып атырған ҳәзирги дәўирде медиа тараўы ўәкиллери-журналист ҳәм редакторлар, режиссёр ҳәм операторлар, блогерлер, телерадиоканаллар, газета ҳәм журналлар, редакция ҳәм баспахана хызметкерлери Ўатанымыздың демократиялық көринисин қәлиплестириў, оны дүньяға танытыўда үлес қосып киятырғанлығын ел-журтымыз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.
Соңғы жылларды мәмлекетимизде ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин халық пенен байланыстың исенимли көпирине айландырыў, заманагөй хабар хызметлери базарын, саламат бәсекени раўажландырыў, медиа тармақларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тармақ хызметкерлериниң машақатлы мийнетлерин хошаметлеў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Илаж соңында ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине байрам мүнәсибети менен Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги