Медиа тараўы пидайылары хошаметленди

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен республикамыздағы медиа тараўында жемисли хызмет етип киятырған журналист ҳәм блогерлер менен ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Илажда филиал директоры А.Аяпов, «Қарақалпақтан спорты» газетасының бас редакторы А.Абдиев ҳәм «Янги Ўзбекистон» газетасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы М.Қутлымуратовлар ғалаба хабар қураллары хыметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлап, мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында жүргизилип атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар, сондай-ақ, мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жаңалықлар ҳәм тараў хызметкериниң дөретиўшилигин кеңнен сәўлелендириўде ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң орны айрықша екенлигин атап өтти.

Ушырасыўда республикамызда усы тараўда белсендилик көрсетип киятырған бир топар тараў пидайыларына Ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.
Өз гезегинде илаж қатнасыўшылары да шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған бундай айрықша итибар ҳәм хошамет ушын филиал жәмәәтине миннетдаршылығын билдирди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.