Президент пәрманы менен “Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў” концепциясы тастыйықланды

592

Ҳүжжеттиң тийкарғы тәреплери:

Жаңалықлар ҳәм жәмийетлик қадағалаў (5-б):

– Ҳәким орынбасарларының кандидатуралары Кеңесте додаланады.

– “Кеңес сааты” институты енгизиледи.

– Әдеп-икрамлылық қағыйдаларын қадағалаў ўәкиллиги Регламент комиссиясына бериледи.

– Пуқаралар Кеңес сессияларын бақлаў ҳуқықына ийе болады.

Кеңеслерге берилген ўәкилликлер (3-б):

– Мәмлекетлик көшпели мүлк ушын ижара төлеми ставкаларын белгилеў.

– Жерлеў хызметлери тарифлерин тастыйықлаў.

– Жумыссыз ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шахслар ушын жумыс орынларын резервке қойыў.

– Жол ҳәрекети тезлигин жергиликли дәрежеде белгилеў.

Бюджет ҳәм жаслар топары (4-бәнт):

– Кеңеслердиң басламасы тийкарында бюджет қәрежетлерин қәлиплестириў.

– Жаслар ҳәм Мәсләҳәт топарларын шөлкемлестириў.

– Жергиликли Кеңеслердиң секретариатлары еркин финанслық есап-санақ системасына ийе болады.

– Баслық орынбасары институтын енгизиў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги