Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

26-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күни “Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Пуқаралық қорғаныў механизмин шөлкемлестириў ҳаққындағы Келисимди (Бишкек, 2024-жыл 6-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында”ғы нызамды көрип шығыўдан басланды.
Атап өтилгениндей, Келисим 2024-жылы 6-ноябрь күни Қырғызстан Республикасының Бишкек қаласында “Түркий дүньяны кеңейтиў: экономикалық интеграция, турақлы раўажланыў, санлы келешек ҳәм ҳәмме ушын қәўипсизлик” сүрени астында өткерилген Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси шеңберинде ислеп шығылған ҳәм Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия ҳәм Өзбекстан тәрепинен қол қойылған.
Бул ҳүжжеттиң тийкарғы мақсети Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң айрықша жағдайлар уйымлары арасында тәбийғый апатшылықлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў тараўында нәтийжели бирге ислесиў қатнасықларын жолға қойыў ҳәм Шөлкем ағзаларының тараў бағдарындағы дослық қатнасықларын беккемлеўден ибарат.
Келисимде Шөлкемге ағза мәмлекетлер пуқаралық қорғаныў механизми бақлаўшы мәмлекетлер ҳәм басқа мәмлекетлердиң аймақларында жүз бериўи мүмкин болған тәбийғый апатшылықлар ҳәм айрықша жағдайларда айрықша мүтәжликлерди қанаатландырыў ушын биргеликтеги жумысты нәтийжели шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң айрықша жағдайлар уйымлары арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, тәбийғый апатшылықлар ўақтында оператив излеў-қутқарыў жумысларын муўапықластырыў, усы тараўдағы мониторинг, таллаўлардың нәтийжелерин ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўын системаластырыў ҳәм өз-ара жәрдем ҳәм бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў сыяқлы мәселелердиң ҳуқықый тийкарлары ҳәм механизмлери белгиленген.
Нызам менен усы Келисимниң ратификацияланыўы айрықша жағдайлар тараўында халықаралық бирге ислесиў қатнасықларын жаңа басқышқа көтериўге ҳәм тәбийғый апатшылықлардың алдын алыў, прогнозлаў, мониторинг етиў ҳәм таллаўға хызмет етеди.
Буннан тысқары, айрықша жағдайлар жүз бергенде басқарыў ҳәм излеў-қутқарыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша алдынғы тәжирийбелерди алмасыўға имканият жаратады.
Додалаў жуўмағында сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.
Соң “Ядролық зыян ушын пуқаралық жуўапкершилиги ҳаққындағы Вена конвенциясына (Вена, 1963-жыл, 21-май) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында”ғы нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы усы Конвенцияға қосылыўы нәтийжесинде пуқаралық ядро объектлеринде жүз берген ҳәдийселер ақыбетинде жеткерилген зыян ушын жуўапкершилик режими, зыянды қаплаў тәртиби, мүддетлери ҳәм принциплерин белгилейтуғын тийкарғы нормалар енгизиледи. Сондай-ақ, ядролық жуўапкершилик режими ядролық апатшылық жүз берген жағдайда Өзбекстан халқына төлем төлениўи тәмийинленеди.
Бул ҳүжжетиң тийкарғы мақсети ядролық қурылма операторы тәрепинен басқарылатуғын объектлерде жүз берген ҳәдийселер нәтийжесинде жүзеге келген ядро зыяны ушын оператордың жуўапкершилиги, сондай-ақ, ядро зыянынан қаржылай қорғаныўды тәмийинлеў ушын минимал талапларды белгилеўден ибарат.
Атап өтилгениндей, Вена конвенциясына қосылыў зыянды қаплаўдың халықаралық көлемде тән алынған ҳуқықый механизмлерин тәмийинлеп, жәбирлениўшилерди қорғаўды күшейтеди, ядролық қурылмалар операторының анық миннетин беглилейди ҳәм жүзеге келиўи мүмкин болған зыянларды қаплаў ушын исенимли қаржылай кепилликлерин жаратады.
Соның менен бирге, миллий ядро қәўипсизлиги системасына исенимин арттырады, халықаралық бирге ислеиўди беккемлейди ҳәм ядролық жуўапкершилик тараўындағы заманагөй стандартларға әмел етилиўин тәмийинлейди.
Өзбекстанның Вена конвенциясына қосылыўы ядро энергетикасы ҳәм қәўипсизлиги тараўында халықаралық ҳуқықый майданға кириўин тәмийинлеўге, ядролық қәўипсизликти кепиллеўге, ядролық зыяннан жәбирлениўшилердиң ҳуқықларын мүнәсип қорғаўға, мәмлекеттиң ядро энергетикасы тараўындағы жуўапкершилигин анық белгилеўге ҳәм ядро энергетикасы тараўында қамсызландырыў системасы ҳәм компенсация механизмлерин енгизиўге хызмет етеди.
Буннан тысқары, Өзбекстанның Атом энергиясы халықаралық агентлиги менен бирге ислесиў қатнасықлары және де кеңейеди ҳәм оның бағдарламалары шеңберинде перспективалы жойбарларды әмелге асырыў жумыслары жеделлеседи.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.
Сенаттың 8-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң 2024-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Атап өтилгенинедй, 2024-жылы Орайлық банктиң жумысында тийкарғы итибар жалпы талаптың инфляцияға болған басымларын жумсартыў, халықтың жамғарыў белсендилигин хошаметлеў ҳәм орта мүддетли перспективада инфляцияның белгиленген таргет көрсетикишине жетиўин тәмийинлеўге қаратылған.
Сондай-ақ, усы дәўирде банк системасының қаржылай турақлылық көрсеткишлерин муўапықластырыў, жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлердиң унамсыз тәсирлерин жумсартыў, банк хызметлери ҳәм есап-санақ операцияларына кибер қәўип ҳәм алдаўшылық жағдайларының алдын алыў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген.
Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў нәтийжесинде 2024-жылы банк системасының улыўма капиталының көлеми 18 процентке, устав капиталының көлеми 22 процентке өскен. Капитал жеткиликлилиги көрсеткиши 17,4 процентти қурап (минимал талап 13 процент), өткен жылғы дәрежеде (17,5 процент) сақланып қалған.
Есабат жылында банклер тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў, инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў және халықтың мүтәжликлери ушын ажыратылған кредитлердиң муғдары 2023-жылға салыстырғанда 35,8 триллион сумға артқан ҳәм 287,1 триллион сумды қураған. Экономикадағы улыўма кредит қойылмалары қалдығы болса 566,2 триллион сумды қурап, 14 процентке өскен.
Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде ҳәм инфляцияны арттырыўшы қәўип-қәтерлердиң азайыўы себепли тийкарғы ставка 14 проценттен 13,5 процентке түсирилген.
Пул-кредит тараўындағы бул илажлар инфляция дәрежесиниң жоқары пәтлерде өсиўин тоқтатыў имканиятын берген. Жыл жуўмағында инфляция дәрежеси 9,8 процентти, базалық инфляция дәрежеси болса 7,2 процентти қураған.
Соның менен бирге, мәжилисте сенаторлар Орайлық банк тәрепинен сапластырылыўы керек болған кемшиликлер ҳәм әмелге асырылатуғын ўазыйпаларға итибар қаратты.
Соның ишинде, коммерциялық банклер тәрепинен исбилерменлик субъектлеринен нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларына әмел етпей тийкарсыз кредит проценти ҳәм пения өндирилген, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңбериндеги кредитлерди ажыратыўда белгиленген мүддетлерге әмел етилмеген. “НUMO” ҳәм “UZCARD” системаларының интеграциясы елеге шекем жуўмақланбаған. Машқалалы кредитлердиң үлеси өткен жылғы дәрежеде сақланып қалмақта.
Жуўапкерлердиң бул кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққындағы мәлимлемелери тыңланды.
Додалаў процесинде пуқаралардың банк карталарынан ҳәр қыйлы алдаўшылық жоллары менен қаржыларды өзлестириў жағдайларына шек қойыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Сенаторлар тәрепинен базалық инфляция дәрежесин төменлетиў илажларын көриў, төлем системаларының турақлы ислеўин тәмийинлеў, хызметлер көлемин кеңейтиў бойынша усыныслар билдирилди. Буннан тысқары, киберқәўипсизлик илажларын күшейтиў ҳәм исбилерменлерден нызамсыз түрде қаржы өндириў жағдайларына шек қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Додалаў жуўмағында билдирилген усынысларды инабатқа алған ҳалда Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен мийнет нызамшылығына әмел етилиўи бойынша кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрине парламентлик сораў жибериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Сенат ағзаларының орынларда өз сайлаўшылары менен ушырасыўларында, соның ишинде, көшпели қабыллаўларда, Сенатқа келип түсип атырған мүрәжатларда ҳәм социаллық тармақларда мәмлекетлик уйымлар, кәрхана ҳәм шөлкемлер мийнет нызамшылығына жетерли дәрежеде әмел етпей атырғаны ақыбетинде соңғы ўақытлары пуқаралар тәрепинен наразылықлар билдирилмекте. Соны есапқа алып, бул мәселе Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен үйренилген.
Соның ишинде, 2023-2024-жылларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал ҳәм халық қабыллаўханаларына келип түскен бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықларына байланыслы мүрәжатларды үйрениў процесинде анықланғанындай, айырым мәмлекетлик уйымлар, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң мүрәжатлар менен ислесиў жумысы қанаатландырарсыз болып қалмақта.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына усы мәселелер бойынша 167 314 мүрәжат келип түскен болып, мүрәжатлар саны 2024-жылда (80 816) 2023-жылға (86 498) салыстырғанда дерлик 6 мыңға ямаса 7 процентке азайған болса да, мийнетке ҳақы төлеў және мийнет ҳәм бәнтлик тараўындағы басқарыўға байланыслы мәселелерге байланыслы мүрәжатлар саны артқан.
2024-жылы судларда көрилген ислер бойынша орынларда мийнет нызамшылығына әмел етпеў ақыбетинде ҳуқықы бузылған пуқаралардың пайдасына жумыс бериўшилерден 166 миллиард сум мийнет ҳақы, 22 миллиард сум кешиккенлик ушын ҳақы, 20 миллиард сум руўхый зыян ҳәм 17 миллиард сум мәмлекетлик бажы өндириў ҳаққында суд қарарлары қабыл етилген болып, нәтийжеде айырым басшылардың нызамсыз буйрықлары нәтийжесинде жәми 225 миллиард сум муғдарында ямаса 2023-жылға салыстырғанда 86 миллиард сумнан көп муғдарда зыян жеткерилген.
Мийнет келиспеўшиликлериниң көпшилигин мийнет ҳақыны өндириў, жумысқа тиклеў, төлемли компенсация өндириў, мийнет дем алысы, жумысқа қабыл етиўди нызамсыз түрде бийкарлаў менен байланыслы келиспеўшиликлер қураған.
Халықтың ҳақылы наразылықларының көбейиўи, әдалатсызлық бойынша пуқаралардың шағымлары санының кескин артқаны сенаторлар тәрепинен сынға алынды.
Додалаў нәтийжесинде бул мәселе бойынша парламентлик сораў жибериў бойынша Сенаттың қарары қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте жас өспирим балалардың тәмийнаты ушын алимент өндириў ҳәм төлеў системасын жетилистириў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораў жибериў мәселеси де додаланды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде балалардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм кепиллик бериў және оларды социаллық қорғаў, атап айтқанда, балалардың тәмийнаты ушын алимент өндириў ҳәм төлеў системасын жетилистириў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Конституциясында баланың толық раўажланыўы ушын ең жақсы шараятларды жаратыў мәмлекеттиң миннетлемеси екенлиги беккемлеп қойылды.
Сондай-ақ, нызамшылықта алимент төлеўден бас тартқанлық ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик илажлары күшейтилген.
Қарыздар тәрепинен себепсиз себеплерге бола суд ҳүжжети орынланбаған жағдайда қарыздардың елимизден шығыўын ўақтынша шеклеў мүмкин екенлиги белгиленген.
Соның менен бирге, Бас прокуратура жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросында “Алимент төлемлери” қоры шөлкемлестирилип, 50 миллиард сум қаржы ажыратылған.
Тараўда алып барылған реформалар нәтийжесинде бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилди. Атап айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымлары тәрепинен 2024-жыл даўамында 2,1 триллион сум қаржылар, соннан алдыннан төлем сыпатында 46,3 миллиард сум муғдарында алимент пуллары өндирилген. 2025-жылдың январь жағдайына бола “Алимент төлемлери” қоры есабынан 1 723 өндириўшилерге 40,6 миллиард сум қаржы төлеп берилген.
Сондай-ақ, өткен жылы 13 252 шаңарақ жарастырылған, жумыссыз болған 5 113 қарыздар, соннан 8 201 и “Бәнтлик платформасы” арқалы жумысқа жайластырылған.
Додалаў даўамында балалардың тәмийнаты ушын алимент өндириў ҳәм төлеў процесинде айырым машқала ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги сенаторлар тәрепинен атап өтилди.
Атап айтқанда, Бас нызамымызда ата-аналар өз перзентлериниң ержеткенге шекем толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўи ушын ғамхорлық етиўге мәжбүр екенлиги белгиленген болса да, айырым ата-аналар бул миннетлемеге жуўапкершилик пенен қатнаста болмай атырғанына итибар қаратылды.
2023-жылы 5 697 шахс, 2024-жылы болса бул көрсеткиш 35 процентке артып, 8 833 шахс материаллық тәмийнаттан бас тартқаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған ҳәм өткен жылдың өзинде жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен 1 109 айыплаў ҳүкими шығарылған.
Додалаў даўамында жумыс орны болмаған ҳәм дәраматы анықланбаған қарыздарлардан алимент өндириў бағдарындағы айырым машқалаларға да итибар қаратылды.
Балаларға алимент өндириў ҳәм шаңарақты тәмийинлеўдиң басқа да түрлериниң халықаралық тәртиби ҳаққындағы Гаага Конвенциясына қосылыў, “Алимент төлемлери” қорын қәлиплестириў дәреклерин кеңейтиў ҳәм алимент миннетлемелерин орынлаў ҳәм қадағалаўдың бирден-бир мәлимлеме системасын Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң Ғазнашылығы электрон системасы менен интеграциялаў ўазыйпаларының орынланыўы кешигип атырғаны сенаторлар тәрепинен сынға алынды.
“Алимент төлемлери” қоры есабынан 1 723 өндириўшилерге 40,6 миллиард сум қаржы төлеп берилген болса да, бул қаржылардың тек ғана 2 проценти, яғный 849,2 миллион сум қорға қайтарылғаны бул бағдарда да тәсиршең илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, Шаңарақ кодексиниң 107-статьясына тийкарланып жас өспирим бала суд қарары менен ата-анасынан алынып, балалар тәрбия мәкемесине жайластырылған болса, ата-ананың ҳәр биринен усы баланың пайдасына белгиленген муғдарларда алимент өндириледи. Онда өндирилген алиментлер усы баланың атына ашылған банк есап бетинде топланады ҳәм ол ер жеткенде төленеди.
Бирақ жас өспирим балалардың атына банк есап бетин ашыўдың ҳуқықый тийкарлары белгиленбегенлиги ушын ҳәзирги күнге шекем алиментлер басқа есап бетлерге төлеп келинген.
Додалаў жуўмағында жоқарыда атап өтилген әҳмийетли мәселелерди өз ишине алған парламентлик сораўды Министрлер Кабинетине жибериў ҳаққында Сенат қарары қабыл етилди.
Сондай-ақ, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарлары да тастыйықланды.
Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 13 мәселе, соның ишинде, 8 нызам көрип шығылды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети