Ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң пидайылығы айрықша атап өтилди

Мәлимлемедеги оперативлик, таллаўлардағы қалыслық, терең пикирлеў – булардың барлығында сөз жүги, жуўапкершилик жәмленген. Ҳәр күни мине усындай машақатлы ҳәм мақтанышлы ўазыйпаны орынлап киятырған тараў хызметкерлерисиз жәмийетти көз алдымызға келтириў қыйын. Әлбетте, бул ғалаба хабар қураллары тараўының хызметкерлери.
Өзбекстанда ҳәр жылы 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни сыпатында белгиленеди. Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде де байрам мүнәсибети менен ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған илаж болып өтти.
Илажда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы Гүлжан Халмуратова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Шарап Отемисов ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң аппарат баслығы Адип Айбергеновлар шығып сөйлеп, республикамызда жумыс алып барып атырған бир қатар ҒХҚ хызметкерлерин байрам менен қутлықлады.



– Бүгинги күнде жәмийетимизде ашық-айдынлықты раўажландырыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды орнатыў, пуқараларымыздың нызамлы мүрәжатларын үйрениў ҳәм шешиў бағдарында сизлердиң орныңыз ҳәм тәсириңиз барған сайын артып атырғанын бәршемиз жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз, – деп атап өтти Олий Мажлис Нызамшылық палатасы. депутаты Гүлжан Халмуратова өз сөзинде.
Атап айтқанда, қурылыс, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги кемшиликлер, социаллық ҳәм экономикалық тараўлардағы машқалалар бойынша берилип атырған сын көзқарастан таллаў материаллары орынларда мүлгип отырған айырым басшы ҳәм жуўапкерлерди уйқыдан оятып, жаңаша ислеўге, адамлардың тәшўиши менен жасаўға мәжбүр етпекте.
– Елимизде миллий баспасөзди раўажландырыў, мәлимлеме тараўын реформалаў, баспасөз ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларының еркинлигине ерисиў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа көтерди. Қәлем ийелерине болған ҳүрмет ҳәм итибар артты. Буннан руўхланған тараў хызметкерлери және де күш-ғайрат пенен жумыс алып бармақта – дейди “Еркин Қарақалпақстан” газетасының жуўаплы хызметкери Сағындық Жаниев. – Ҳәр қандай шараятта да халқымызды жаңалықлардан, елимиз турмысы ҳәм дүньяда жүз берип атырған ўақыялардан хабардар етиўде жанкүйерлик көрсетиўге ҳәрекет етемиз.
Ҳақыйқатында да, мәлимлеме тараўын еркинлестириў ҳәм раўажландырыў Жаңа Өзбекстанды қурыў процесинде бәрқулла тийкарғы ўазыйпа болып келмекте. Мәмлекетимиздиң жаңаланған Конституциясында ғалаба хабар қуралларының еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли қағыйда ҳәм принциплер беккемлеп қойылғаны, тараўға байланыслы ҳуқықый тийкарлар жетилистирилип атырғаны бул пикирди анық тастыйықлайды.
Әсиресе, соңғы жыллары елимизде сөз еркинлиги ҳәм пикирлердиң ҳәр түрлилигине ерисиў жолында кең имканиятлар ашылып атырғаны медиа ўәкиллериниң жәмийетлик-сиясий процесслердеги қатнасыўы, орны ҳәм абырайын және де күшейтпекте.
Улыўмаластырып айтқанда, жанкүйер журналистлеримиз, белсенди блогерлеримиз өзлериниң қатаң позициясы, ҳақыйқый сөзи менен турмысымыздағы өткир машқалаларды шешиў, реформаларымыздың нәтийжесин арттырыў, ўатанласларымыздың пикирин, дүньяқарасын жоқарылатыўға мүнәсип үлес қоспақта. Әлбетте, булардың барлығы миллий медиа қураллары “төртинши ҳәкимият” дәрежесине жақынласып атырғанынан дәрек береди.
Илажда жоқары потенциалы ҳәм профессионаллық шеберлиги менен партиямыздың жумысын қалыс ҳәм әдил сәўлелендирип, оның халық арасында танылыўын ҳәм абырайын арттырып, идея ҳәм мақсетлерин жүзеге шығарыўда пидәкерлик пенен мийнет етип атырған бир қатар ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң жумысы айрықша тән алынды ҳәм партия тәрепинен миннетдаршылық билдирилип, байрам саўғалары тапсырылды.





Амангул ЕСЕМУРАТОВА,
ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Жәмийетшилик пенен байланыслар, мәлимлеме сиясаты ҳәм идеологиялық ислер бөлиминиң баслығы
Қарақалпақстан хабар агентлиги