Польша төрт күнлик жумыс ҳәптесине өтеди

266

Польшаның Шаңарақ, мийнет ҳәм социаллық сиясат министрлиги 30-июньнан баслап жумыс ўақтын ҳәптесине бес күннен төрт күнге қысқартыў бойынша тәжирийбе бағдарламасын иске қосады. Бул ҳаққында “The Warsaw” порталы хабар берген.

Жумысшы ҳәм жумыс бериўши еки жолдан бирин таңлаўы мүмкин:

ҳәптеде төрт күн (айлық бурынғыдай қалады) исленеди ямаса жумыс күни 6 саатқа қысқарады.

Тийисли нызам 2027-жыл ноябрьге шекем толық қабыл етилиўи режелестирилген.

Бул сынақ жумыс бериўшиге зыян келтирмейди: белгили бир компания ҳәм мәмлекетлик уйым жумыс кестесин өзгерткени ушын 1 миллион злотийге шекем алады. Биринши жыл жойбар ушын улыўма бюджеттен 10 миллион злотий ажыратылады.

Экспертлер саат қысқарыўы рәсмий түрде пайдалы екенин атап өтпекте. Мысалы, Францияда жумыс ўақтын қысқартыў жалпы ишки өнимниң 81 процентке өсиўине алып келген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги