Өзбекстанда ТМШның Пуқаралық қорғаныў механизмин шөлкемлестириў ҳаққындағы Келисими ратификацияланбақта

Сенаттың жалпы мәжилисинде “Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Пуқаралық қорғаныў механизмин шөлкемлестириў ҳаққындағы Келисимди (Бишкек, 2024-жыл 6-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.
Келисим 2024-жыл 6-ноябрь күни Қырғыз Республикасының Бишкек қаласында “Түркий дүньяны кеңейтиў: экономикалық интеграция, турақлы раўажланыў, санлы келешек ҳәм ҳәмме ушын қәўипсизлик” сүрени астында өткерилген Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) не ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилиси шеңберинде ислеп шығылған. Бул ҳүжжетке Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия ҳәм Өзбекстан тәрепинен қол қойылған.

– Бул ҳүжжеттиң тийкарғы мақсети шөлкемге ағза мәмлекетлердиң айрықша жағдайлар уйымлары арасында тәбийғый апатшылықлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў тараўында нәтийжели бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў ҳәм шөлкем ағзаларының тараў бағдарындағы дослық қатнасықларын беккемлеўден ибарат, – деди Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов. – Келисимде шөлкемге ағза мәмлекетлер бақлаўшы мәмлекетлер ҳәм басқа да мәмлекетлердиң аймақларында жүз бериўи мүмкин болған тәбийғый апатшылықлар ҳәм айрықша жағдайларда айрықша талапларды қанаатландырыў ушын биргеликтеги жумысты нәтийжели шөлкемлестириўи нәзерде тутылмақта.

Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң айрықша жағдайлар уйымлары арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, тәбийғый апатшылықлар ўақтында оператив излеў-қутқарыў жумысларын муўапықластырыў, бул тараўдағы мониторинг, таллаўлардың нәтийжелерин және өз-ара тәжирийбе алмасыўды системаластырыў және өз-ара жәрдем ҳәм бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў сыяқлы мәселелердиң ҳуқықый тийкарлары ҳәм механизмлери белгиленген.
Нызам менен бул Келисимниң ратификацияланыўы айрықша жағдайлар тараўында халықаралық бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышқа көтериў ҳәм тәбийғый апатшылықлардың алдын алыў, прогнозлаў, мониторинг ҳәм таллаўға хызмет етеди.
Сенаторлар мақулланған нызам айрықша жағдайлар ҳәм ҳәдийселер жүз бергенде басқарыў ҳәм излеў-қутқарыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе алмасыўға имканият жаратады.
Н.Абдураимова, ӨзА