Пенсия жасына өзгерис киргизиле ме?

317

Өзбекстанда пенсия жасын арттырыў усыныс етилмекте мазмунындағы хабарлар тарқалды. Пенсия қоры усы жағдай бойынша төмендегилерди мәлим етеди:

«Бүгинги күнде Өзбекстанда пенсия жасын арттырыў бойынша ҳеш қандай жуўмақлаўшы қарар қабыл етилмеген.

Пенсия реформасын өткериў бойынша халықаралық экспертлер тәрепинен берилген усыныслар ҳәзирги ўақытта Өзбекстан шараятына сәйкеслиги, халықтың турмыс дәрежесине тәсири ҳәм экономикалық ақыбетлери талланбақта.

Пенсия системасына киргизилетуғын ҳәр қандай өзгерислер, соның ишинде, пенсия жасына байланыслы мәселелер де, әлбетте, кең жәмийетшиликтиң додалаўынан соң, халықтың пикири ҳәм мәплерин есапқа алған ҳалда басқышпа-басқыш әмелге асырылады».

Қарақалпақстан хабар агентлиги