Бир топар тараў пидайылары хошаметленди

Соңғы жыллары мәмлекетимизде миллий раўажланыў стратегиямыз тийкарында, билимлендириў системасында тарийхый жаңаланыўлар жүз бермекте. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен тараўға байланыслы көплеген пәрман ҳәм қарарлар қабылланып, бул бойынша ҳуқықый база беккемленди. Жаңаланған Конституциямызда муғаллимниң статусы айрықша белгилеп қойылды.
Республикамызда ҳәр жылы жаңадан билимлендириў дәргайлары қурылып, олардың материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы жаңаланды. Сабақлық ҳәм оқыў қолланбалардың заман талапларына сай жаңа әўлады жаратылмақта.
Әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў системасы дүньядағы алдынғы тәжирийбелер тийкарында, пүткиллей жаңаша раўажланыў басқышына қәдем таслады. Елимиздеги балалар бақшалар саны 8 есеге көбейип, балаларды қамтып алыў 27 проценттен 76,4 процентке жеткени де жоқарыдағы пикиримизди тастыйықлайды.
Тарийхта биринши мәрте 530 мектепте инклюзив билимлендириў турмысқа енгизилди. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында 288 мыңнан аслам баслаўыш класс оқыўшыларының бийпул аўқатланыўы жолға қойылды.
Елимизде жүз берип атырған усындай ири өзгерис ҳәм жаңаланыўларды қалыс ҳәм ашық-айдын сәўлелендириўде баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң атқарып атырған хызмети айрықша болып табылады.
«27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинде тараў пидайылары менен ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Гүлистан Қожабаева шығып сөйлеп, соңғы жыллары мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын раўажландырыў, тараўда реформаларды табыслы әмелге асырыў, оқыў процесине миллий ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелерин, инновациялық, педогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў бағдарындағы жумыслардың барысы, республикамыз оқыўшылары ҳәм педагог-тәрбияшыларының қолға киргизип атырған жетискенликлери ҳаққында кең түрде айтып өтти ҳәм қолға киргизилип атырған бундай үлкен табысларды кең жәмийетшиликке жеткериўде ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң атқарып атырған хызметлерин жоқары баҳалады.
Илажда тараўдағы усындай өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қуралларында өз ўақтында оператив ҳәм қалыс түрде жеткерип атырған бир қатар тараў пидайылары мүнәсип түрде хошаметленди.


-20 жылдан берли баспасөз тараўында қәлем тербетип келмектемен,-дейди сыйлықланғанлардың бири Гүлнара Жүгинисова.-Мениң азы-кем ислеген мийнетим министрлик басшылары тәрепинен ылайықлы баҳаланып, байрам алдында «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықландым. Буның ушын тараў басшыларына үлкен рахмет айтаман. Алдағы ўақытлары да өзиме билдирилген исенимди ақлаў ушын, еле де көбирек изленип, халық ийгилиги жолында хызмет ете беремен.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы