Сенат жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте

Олий Мажлис Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси екинши жумыс күни өз жумысын баслады.
Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте.
Жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнинде халықты ойландырып атырған мәселелерге шешим табыў бойынша Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы бағдарлардан келип шығып, Сенат ҳәм халық депутатлары жергиликли кеңеслери алдында турған бирнши дәрежели ўазыйпалар додаланды.
Парламентте сиясий ҳәр түрлиликти тәмийинлеў, ашық-айдынлық ҳәм пикирлесиў орталығын раўажландырыў мақсетинде оппозицияның кепилленген ҳуқықларын кеңейтиўге қаратылған нызам мақулланды. Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаўда кепиллик қаржыларын енгизиў, экономикалық, аграр, экологиялық ҳәм инвестиция тараўларына байланыслы айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққындағы нызамлар көрип шығылды.
Мәжилистиң екинши жумыс күнинде халықаралық бирге ислесиўге байланыслы мәселелер шеңберинде Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Пуқаралық қорғаў механизмин шөлкемлестириў ҳаққындағы Келисимди ратификациялаў, сондай-ақ, Ядролық зыян ушын пуқаралық жуўапкершилик ҳаққындағы Вена конвенциясына Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы нызамлар додаланады.
Сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң 2024-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланады.
Жалпы мәжилисте инвестициялық орталықты жақсылаў, мийнет нызамшылығына әмел етилиўин тәмийинлеў ҳәм жас өспирим балалардың тәмийнаты ушын алимент өндириў ҳәм төлеў системасын жетилистириў бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымларға парламентлик сораўлар жибериў мәселелери де көрип шығылады.
Жалпы мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелерди толық сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!
Норгул Абдураимова,
ӨзА