Жаслар менен ашық пикирлесиўлер даўам етпекте

104

Елимизде жаслар мәселесине айрықша итибар қаратылып атырғаны барлық тараўларда өз көринисин таппақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басламасы менен аймақларда жаслар менен тиккелей сөйлесиўлер өткерилмекте.

Гезектеги ушырасыўлар Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Кегейли, Бозатаў, Тақыятас ҳәм Нөкис районларының жаслары қатнасыўында шөлкемлестирилди. Бул ушырасыўлар даўамында жаслардың пикир- усыныслары, арзыў-нийетлери және ушырасып атырған машқалалары тиккелей тыңланып, нәтийжели пикирлесиў орталығы жаратылды.

Ушырасыўлар дәслеп бос жумыс орынлары ярмаркасы менен басланды. Онда жасларға түрли шөлкем ҳәм кәрханалардағы жумыс орынлары усыныс етилди. Буннан кейин IТ тараўы, грант ҳәм донорлар менен ислесиў және банк-қаржы системасына байланыслы бағдарларда арнаўлы семинарлар шөлкемлестирилди. Илажларда қәнигелер тәрепинен жасларға исбилерменликти жолға қойыў, қаржы имканиятларынан пайдаланыў ҳәм халықаралық жойбарларға қосылыў бойынша әмелий усыныслар берилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ушырасыўлар даўамында мәмлекетимиз Президенти тәрепинен жаслар ушын жаратылып атырған шараятлар, берилип атырған имканиятлар ҳәм қоллап-қуўатлаў механизмлерине ҳәр тәреплеме тоқтап өтти. Әсиресе, бундай имканиятлардан үнемли пайдаланып, өз потенциалын көрсетип атырған, заманласлары ушын үлги болып атырған жаслардың саны артып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сөйлесиўлер даўамында жаслар тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер ҳәм жаңа басламалар алға қойылды. Барлық усыныслар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен жазба түрде дизимге алынып, тийисли жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди. Айырым усыныслар орнында шешилиўи, басқалары бойынша тез пурсатта әмелий илажлар көрилиўи белгиленди.

Буннан соң бир топар жаслар белсендилиги ҳәм заманласлары арасында айрықша жетискенликлерге ерисип, көпшиликке үлги болып атырғаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы қарары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги