Өзбекстан Президенти Монголияға сапарын жуўмақлады

941

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Монголияға мәмлекетлик сапары жуўмақланды.

Тарийхта биринши болған бул сапар етиў Өзбекстан-Монголия қатнасықларында жаңа басқышты баслап берди ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўдиң раўажланыўы ушын кең имканиятлар ашты.

Мәмлекетимиз басшысы кеше Улан-Батор қаласында Президент Ухнаагийн Хурэлсух пенен тар шеңберде ҳәм кеңейтилген қурамда сөйлесиў өткерди. Әмелий бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм санаат тараўларында кооперацияны раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Жуўмағында Кең көлемли шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойылды.

Президентлер өмирлик жолдаслары менен еки мәмлекет көркем өнер шеберлериниң биргеликтеги концертинде қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өмирлик жолдасы менен “Их Тэнгэр” комплексине барды. Президентлер ҳәм биринши ханымлар биргеликте терек екти. Дәстүрий “Наадам” ойынларын тамашалады.

Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Өзбекстан Президенти Ташкентке жөнеп кетти. Аэропортта жоқары мәртебели мийманларды Монголия сыртқы ислер министри Батмунх Бацэсэг ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.


ӨзА