Өзбекстан – Малайзия: бизнес байланыслары жаңа басқышқа көтерилмекте

Өзбекстан халықаралық майдандағы саўда-экономикалық қатнасықларды избе-из раўажландырып, стратегиялық шериклер менен әмелий сөйлесиўди кеңейтпекте. Бул процессте Азия регионындағы абырайлы шериклерден бири – Малайзия менен қатнасықлар айрықша орын иелейди.
Пайтахтымызда өткерилген Өзбекстан – Малайзия бизнес форумы бул бағдарда бирге ислесиў көлемин кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе болды.
Онда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров, Малайзия – Өзбекстан бизнес кеңесиниң президенти Дато Сри Кинг Лим, Малайзия делегациясы атынан Бас министрдиң орынбасары – энергетика ҳәм суў трансформациясы министри Фадиллаҳ Юсуф шығып сөйлеп, еки мәмлекет арасындағы саўда, санаат, энергетика, инфраструктура ҳәм хызметлер тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў имканиятларына итибар қаратты.
Атап өтилгениндей, бул процессте Өзбекстан – Малайзия бизнес форумы еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланысларды беккемлеў, жаңа инвестициялық бағдарларды белгилеў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарады.
Әнжуманда Өзбекстандағы ашық ҳәм инвесторларға қолайлы орталық, инвестициялық имканиятлар, экономикалық реформалар ҳәм жаратылып атырған шараятлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша бир қатар бағдарлар бойынша пикир алысты.
Илаждың тийкарғы бөлиминде ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери презентациялар өткерди. Энергетика тараўындағы реформалар, еки тәреплеме саўда қатнасықлары, “жасыл энергия” тараўындағы басламалар, Өзбекстанның инвестициялық орталығы ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў механизмлери сыяқлы мәселелер додаланды.
Форум шеңберинде жүзбе-жүз сөйлесиўге бағдарланған В2В ушырасыўлары да шөлкемлестирилди. Өзбекстан ҳәм Малайзия исбилермен топарлары арасында әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған усыныслар додаланды, бир қатар келисимлерге ерисилди.
Сондай-ақ, бизнес-форум шеңберинде еки тәреплеме рәсмий ҳүжжетлер алмасыў мәресими болып өтти. Бул ҳүжжетлер жақын келешекте әмелий жойбарларды баслаў ҳәм институционаллық шерикликти раўажландырыўға хызмет етеди.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзА хабаршысы