Олий Мажлис Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады
244

Бүгин, 25-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнаспақта.

Жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.
Жалпы мәжилисте мәселелерди додалаў процесин Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги