Мәмлекетимиздиң халықаралық жоллары реконструкцияланбақта

80

Елимиз аймағынан өтиўши халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының өткериўшеңлигин арттырыў мақсетинде бир қатар реформалар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында жолларды басқышпа-басқыш реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги 454-санлы қарары – «2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳүжжетке тийкарланып, усы жолдың 698-723 км бөлегинде реконструкциялаў жумыслары белгиленген. Бул мақсет ушын 2025-жыл ушын 71,2 млрд сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған болып, жолдың бул бөлегине асфальтбетон қапламасы төселеди.

Ҳәзирги ўақытта 708-710 км аралығында асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, 673-698 км аралығындағы жолды цементбетон қапламаға өткериў жумыслары да избе-из даўам етпекте.

Бул қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары халықаралық транзит имканиятларын кеңейтиў, транспорт ағымын жақсылаў және айдаўшылар ҳәм жолаўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги