Өзбекстан Президентиниң Монголияға мәмлекетлик сапары басланды
214

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухтың мирәт етиўине бола, өмирлик жолдасы менен бирге мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетке келди.
Мәмлекетимиз басшысын Монголия сыртқы ислер министри Батмунх Бацэсэг ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.



Еки мәмлекеттиң байрақлары менен безелген “Буянт-Ухаа” аэропортында жоқары мәртебели мийманлардың ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.



Сапар бағдарламасына муўапық, бүгин жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Монголия сөйлесиўлери болып өтеди.
ӨзА