Нөкисте питкериўши жасларға алтын ҳәм гүмис медальлар тапсырылды

122

Қарақалпақстан көркем өнер сарайында әҳмийетли ҳәм салтанатлы илаж – Республикалық улыўма билим бериў мектеплериниң питкериўшилерине алтын ҳәм гүмис медальларды тапсырыў мәресими болып өтти.

Бул мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, елимиздиң мақтанышы болған питкериўши жасларды ерискен жетискенликлери менен қызғын қутлықлады.

Бүгинги күнде илим ҳәм ағартыўшылыққа умтылып атырған, ҳәр тәреплеме жетик, саламат ҳәм руўхый беккем әўладты тәрбиялаў – мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың талантын жүзеге шығарыў ҳәм мүнәсип хошаметлеўге үлкен итибар қаратылмақта.

Бүгинги медальлар – тек ғана билимлендириўдеги табыс белгиси емес, ал күш-ғайрат, мийнет сүйиўшилик ҳәм тәртип-интизам үлгиси сыпатында да әҳмийетке ийе. Олардың арасынан келешекте илим, көркем өнер, спорт ҳәм басқа да бағдарларда үлкен жетискенликлерге ерисетуғын, Ўатанымыздың абырайын халықаралық майданда жоқарылататуғын жаслар жетисип шығатуғынына исеним билдирилди.

Илаждың ең салтанатлы бөлиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы тәрепинен питкериўшилерге алтын ҳәм гүмис медальлар тапсырылды. Бул болса жаслар ҳәм олардың ата-аналары ушын умытылмас мақтаныш ҳәм қуўаныш сезимин бағышлады.

Мәресим жуўмағында көркем өнер ҳәм мәденият шеберлериниң қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди. Қуўаныш ҳәм шүкиршилик сезимлерине толы бундай илажлар жасларымыздың қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм жуўапкершилик сезимин және де беккемлейтуғынына гүман жоқ.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги