Бүгинги күнде коррупцияның алдын алыў, әсиресе, жоқары оқыў орынларындағы дәмегөйлик, лаўазымынан пайдаланыў сыяқлы жынаятлардың алдын алыў, жәмийетимиздиң раўажланыўына үлкен тосқынлық болып атырған бундай иллетлерге қарсы гүресиўде ҳәр бир пуқараның белсендилиги ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болмақта.

Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм МҚХ тәрепинен өткерилген оператив илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң дене мәденияты факультети деканының орынбасары лаўазымынан пайдаланып, усы университеттиң студенти Ж.А.ның исенимине кирип, оны мәмлекетлик имтиханлардан өткериў есесине 2 млн. сум пул талап етип, усы пулларды өзиниң жеке кабинетинде алып атырған ўақтында усланды.

Илаж даўамында декан орынбасары М.И. усы университеттиң студентлери С.П. ҳәм басқалардан имтиханлардан өткериў ушын бир ҳәпте алдын алған 3 млн. сумды өз қәлеўи менен қайтарып берген ҳәм айғақлы дәлил сыпатында алынған.

Жағдай бойынша М.И.ға Өзбекстан Республикасы ЖКниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.