Мектепте оқыў ушын ҳүжжетлерди 2025-жылдың 20-июнь сәнесине шекем ОНЛАЙН тәризде my.gov.uz ҳәм ariza.piima.uz сайты арқалы ямаса мектепте шөлкемлестирилген ҚАБЫЛЛАЎ ШТАБЫна келип тапсырыў имканиятына ийесиз.
➡ Талабанлар оқыўға тапсырыў ушын керекли ҳүжжетлер:
📱 оқыўшының тийисли оқыў жылы нәтийжеси көрсетилген баҳалар табелиниң мектеп директоры тәрепинен тастыйқланған нусқасы;
📱 оқыўшының соңғы 2 ай ишинде түскен фотосүўрети (ақ фонда);
📱 оқыўшының туўылғанлығы ҳаққындағы гуўалығы ҳәм оның ата-анасының (яки олардың орнын басыўшы шахслардың) пуқаралық паспортының мағлыўматлары, байланыс номерлери толық жазылыўы тийис.
‼ Бизден узақласпаң, қабыллаў процесин бақлап барың!