Реабилитация ҳәм протезлеў тараўында әмелий семинар: тәжирийбе ҳәм имканиятлар алмасылды

Қарақалпақстан Республикасында майыплығы болған шахсларға көрсетилип атырған медициналық ҳәм социаллық хызметлерди буннан былай да жетилистириў, тараў қәнигелери арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм заманагөй көзқарасларды енгизиў мақсетинде гезектеги әмелий семинар шөлкемлестирилди.
Бул семинар Қарақалпақстан Республикасы майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайында болып өтти. Онда Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасына қараслы медициналық мәкемелерде жумыс алып барып атырған шыпакерлер, реабилитологлар ҳәм тараў қәнигелери белсене қатнасты.
Семинардың тийкарғы мақсети – майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў, олардың физикалық ҳәм руўхый жағдайын тиклеў және турмысқа бейимлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм орайдағы шараятлар менен қатнасыўшыларды жақыннан таныстырыўдан ибарат болды.

Илаж даўамында қатнасыўшылар:
орайда әмелге асырылып атырған реабилитация ҳәм протезлеў процесслери менен жақыннан танысты;
әмелий сабақларда қатнасты;
медициналық-реабилитациялық үскенелердиң түрлери ҳәм олардың қолланылыўы ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болды;
майыплығы болған шахслар ушын жаратылған инфраструктура ҳәм хызметлер менен танысты.
Бундай әмелий илажлар тараў ўәкиллери ушын тек ғана тәжирийбе алмасыў емес, ал социаллық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў, заманагөй технология ҳәм көзқараслардан хабардар болыў имканиятын да жаратады.
Семинар жуўмағында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды ҳәм келешектеги бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм тараўдың раўажланыўына үлес қосыў бойынша пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги