Жаңаланған аэропортта ең заманагөй қолайлықлар болады

766

Президент Шавкат Мирзиёев 18-июнь күни “Ташкент-Шығыс” аэропортының қурылысын көзден өткерди.

Мәмлекет раўажланып, тартымлылығы артқан сайын сыртқы байланыслар, инвестициялар ағымы көбейип барады. Усындай экономикалық өсиў пәтин есапқа алып, елимизде транспорттың барлық тармақлары раўажландырылмақта. Бул, өз гезегинде, және исбилерменлик байланысларының жеделлесиўине шараят жаратпақта.

Соның ишинде, “Ташкент-Шығыс” аэропорты да қайта қурылмақта. Бәринен бурын, 4 километр узынлықтағы ушыў-қоныў жолы жаңаланып, ең аўыр самолётларды да қабыл етиў қуўатлылығына ийе болды. Ҳәзирги күнде жоқары мәртебели мийманлар ҳәм бизнес-авиация ушын 2 терминал, перрон ҳәм ангарлар қурылмақта.

Аэропорт қолайсыз ҳаўа-райы шараятларында да ушыў-қоныўды тәмийинлейтуғын ICAO III-А категориясындағы алдынғы радиотехника ҳәм метеорология үскенелери менен тәмийинленеди. Жабық ангарларда самолётлар саз ҳәм қәўипсиз сақланыўы ушын заманагөй шараятлар тәмийинленеди.

Ең әҳмийетлиси, қолайлы жайласыўы менен аэропорт пайтахтымыз ҳәм Жаңа Ташкент қаласы ушын перспективалы порт, Ташкент ўәлаятының туризм потенциалында қосымша абзаллық болады.

Мәмлекетимиз басшысы аэропорттың техникалық имканиятлары, терминаллардың дизайнына байланыслы презентация менен танысты. Қурылысты жеделлестириў, инвесторларға шараят жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

 

ӨзА