Төрткүлде жаслар менен ашық пикирлесиў: Жаңа имканиятлар ҳәм әмелий шешимлер

82

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Жаслар айлығы» шеңберинде Төрткүл районындағы белсенди жаслар менен ушырасыў өткерди. Бул илаж жаслар ушын жаратылған имканиятлар, оларды қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳәм келешектеги режелерди додалаўға бағышланды.

Ушырасыў алдынан бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Бул ярмарка арқалы жасларды жумыс пенен тәмийинлеў имканияты жаратылды. Сондай-ақ, IТ тараўы қәнигелери тәрепинен бул бағдардағы перспективалар, хызметлерди жолға қойыў, өз билим ҳәм потенциалы арқалы дәрамат алыў имканиятлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Илажда Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантлар) тартыў, халықаралық донорлар менен бирге ислесиў, жаслар исбилерменлигин раўажландырыў бағдарындағы механизмлер ҳаққында да презентациялар өткерилди. Бул болса белсенди жаслар ушын жаңа идея ҳәм жойбарларды әмелге асырыўда үлкен хошамет болды.

Президентимиздиң басламасы менен жаслар банки сыпатында жумыс алып барып атырған Алоқа банк ҳәм Миллий банктиң жуўапкерлери де илажда қатнасып, жаслар ушын мөлшерленген жеңиллетилген кредитлер, финанслық бағдарламалар ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарындағы имканиятлар ҳаққында түсиндириў жумысларын алып барды.

Ушырасыў даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев мәмлекетте жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлық мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланғанын атап өтти. Атап айтқанда, жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў мақсетинде қабыл етилген нызамлар, пәрманлар, шөлкемлестирилген заманагөй билимлендириў мәкемелери ҳәм жаратылған шараятлар буның айқын мысалы болып табылады.

Жаслар өз гезегинде мәмлекет басшысы тәрепинен көрсетилип атырған жоқары итибар ҳәм имканиятлар ушын терең миннетдаршылық билдирди. Олар тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм басламалар дыққат пенен тыңланып, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен анық тапсырмалар берилди.

Ушырасыў соңында заманласлары арасында белсендилиги ҳәм жетискенликлери менен ажыралып турған бир топар жаслар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен сыйлықланды.

Бундай ушырасыўлар жаслар менен пикирлесиўди беккемлеў, олардың пикир ҳәм басламаларын мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бөлеги сыпатында тән алыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги