СИМ Израиль ҳәм Иран арасындағы қураллы соқлығысыўлар бойынша өзбекстанлыларға мүрәжат жоллады

251

Сыртқы ислер министрлиги Израиль ҳәм Иран арасындағы қураллы соқлығысыўлар бойынша өзбекстанлыларға мүрәжат жоллады. Бул ҳаққында СИМ рәсмий Телеграм-каналында хабар берилди.

Соңғы күнлерде Жақын Шығыс регионында, атап айтқанда, Израиль ҳәм Иран арасындағы кескинлик және де күшейип, қураллы соқлығысыўларға айланды. Бул болса тек ғана регионда емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилигинде үлкен қәўетер оятпақта.

«Өзбекстан Республикасы урысты машқалаларды шешиў қуралы деп емес, ал инсан өмири, турақлылық ҳәм раўажланыўға үлкен қәўип туўдыратуғын жағдай сыпатында баҳалайды. Урыста жеңимпаз болмайды. Ең үлкен жоғалтыўды бәрқулла әпиўайы инсанлар тартқан ҳәм бүгин де солай болып қалмақта.

Өзбекстан бәрқулла тынышлықты сүйиўши сиясат жүргизип келген ҳәм солай болып қалады. Мәмлекетимиз барлық мәмлекетлер менен дослық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырып келмекте.

Өзбекстан пуқараларын тынышлықты сүйиўге, кеңпейилликке ҳәм жуўапкершиликли пуқаралық позициясын сақлаўға шақырып қаламыз. Жәнжеллерге диний, расалық ямаса басқа да жеке тийислилик тийкарында мүнәсибет билдирмеў, ҳәр қандай жек көриўшилик ҳәм қарама-қарсылықты үгит-нәсиятлаўға қарсы турыў ҳәммемиздиң улыўма миннетимиз болып есапланады», – деп қосымша етиледи СИМ мүрәжатында.

Сондай-ақ, Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги пуқараларымызды ҳәр қыйлы провокация ҳәм кемситиўши шақырықларға берилмеўге, жағдайларға сезимталлы емес, ал салмақлы мүнәсибетти сақлаўға шақырған.

Өзбекстан СИМ барлық келиспеўшиликлер халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм дипломатиялық сөйлесиў тийкарында тыныш жол менен шешилиўи тәрепдары екенин, тынышлық ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарындағы қатнасықлар бәрқулла елимиз сыртқы сиясатының тийкарғы бағдары болып қалатуғынын және бир мәрте атап өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги