Бахтиёр Саидов Әзербайжан СИМ басшысы менен Иран бойынша сөйлести

193

Өзбекстан СИМ басшысы Бахтиёр Саидов әзербайжанлы кәсиплеси Жейҳун Байрамов пенен сөйлести.

“Әзербайжан сыртқы ислер министри Жейҳун Байрамов мырза менен телефон арқалы сөйлестик. Өзбекстан – Әзербайжан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлыққа тийкарланған еки тәреплеме қатнасықларымыздың барлық тараўларда избе-из раўажланып атырғанына итибар қараттық.

Күн тәртиби жоқары ҳәм жоқары дәрежедеги алмасыўлар, еки ҳәм көп тәреплеме илажлар, соның ишинде, ИБШ министрлер мәжилиси сыяқлы илажлар менен бай.

Сондай-ақ, Израиль -Иран келиспеўшилигиниң кескинлесиўи ақыбетинде пайда болған регионаллық жағдай ҳаққында пикир алысып, тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў әҳмийетли екенлигин атап өттик,” дейди СИМ басшысы.

Иран Ислам Республикасы сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хаткери Исмаил Бақоий дүнья жәмийетшилигине мүрәжат пенен шыққан еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги