Әмиўдәрья районында ун ислеп шығарыў жойбары иске қосылды

75

Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья районында жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеў, азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм аймақта исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған және бир әҳмийетли жойбар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, районның «Жайхун» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Нукус Дилиша» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Ун ислеп шығарыўды шөлкемлестириў» жойбары иске қосылды.

Жойбардың улыўма баҳасы 7,8 миллиард сумды қурап, бул арқалы 31 пуқара турақлы жумыс орны менен тәмийинленди. Бул болса район халқының бәнтлигин арттырыў, ишки базарды жергиликли ун өнимлери менен тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Бул өндирислик кәрхана заманагөй үскенелер менен тәмийинленген болып, өнимниң сапасын тәмийинлеў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканиятына ийе екенлигин атап өтиў керек. Сондай-ақ, келешекте қосымша қуўатлықлар иске қосылып, жаңа жумыс орынларының жаратылыўы да нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги