Қарақалпақстанда аграр тараўды раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли келисимге қол қойылды

Нөкис қаласында өткерилген «Made in Karakalpakstan» көргизбеси ҳәм «Қарақалпақстанда инвестиция киргизиң» инвестициялық форумы шеңберинде аграр тараўда әҳмийетли бирге ислесиўге қол урылды.
Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси арасында аграр тараўда алдынғы технологиялар менен тәжирийбелерди енгизиў, тараўды модернизациялаўға қаратылған бирге ислесиў келисимине қол қойылды. Бул келисим Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Келисимге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң ректоры Н.Обломурадов қол қойды.
Бул бирге ислесиў шеңберинде аўыл хожалығында илим, билимлендириў ҳәм өндиристи терең интеграциялаў, инсан капиталын раўажландырыў, кадрлар потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, инновациялық қатнасықлар тийкарында кепилликли мийнет базарын қәлиплестириў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылады.
Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик аграр университети делегациясы Нөкис қаласында мәмлекетимиз басшысының «Аграр тараўда илим, билимлендириў ҳәм өндиристи интеграциялаў арқалы сапа ҳәм нәтийжелиликти арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар шөлкемлер ҳәм мәкемелер менен бирге ислесиў меморандумларына қол қойды.

Форум шеңберинде сырт елдеги елшилер, сырт елли инвесторлар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасып, Қарақалпақстанда жаратылған имканиятлар, инвестициялық орталық ҳәм аўыл хожалығы тараўына байланыслы жойбарлар бойынша пикир алысты.
Бул келисим тек ғана илимий потенциал ҳәм әмелиятты үйлестириўге емес, ал аймақларда инновациялық агротехникалық усылларды енгизиў, заманагөй агросоциаллық орталықты қәлиплестириўге де үлкен үлес қосатуғыны күтилмекте.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы