Японияда болып атырған өзбекстанлылар ескертилди

Миграция агентлигиниң хабарына бола, гейде айырым адамлар нызамсыз жумыс ямаса қәўипли усынысларға ийтермелеўи мүмкин.
Соның ушын төмендеги жағдайларға дус келсеңиз, алданбаң ҳәм бийкар етиң:
“Айлығыңды салықтан азат етемиз” – бул нызамсыз;
“Жасырын қосымша ислеймиз” – жумыс визаңыз бузылыўы мүмкин;
“Кел, қумар ойнайық” – бундай ойынлар көп жағдайларда нызамсыз ҳәм жазаланады;
“Басқа шөлкемде исле, мен резидент картасын ислетип беремен” – жасалма ID карталардан пайдаланбаң;
“Басқа адамның банк карталарынан пайдаланбаң ҳәм өз банк картаңызды сатпаң” – банк карталары саўдасы, үлкен жынаятларға араласып қалыўыңызға себеп болыўы мүмкин.
Қәўипсизлигиңиз өз қолыңызда. Ҳәр қандай жумысты баслаўдан алдын рәсмий ҳүжжетлериңиз ҳәм визаңыздың шәртлерин тексериң.
Қарақалпақстан хабар агентлиги