Системадағы кемшиликлер есапқа алынып, Халық қабыллаўханаларының барлық хызметкерлери бүгиннен баслап жумыстан босатылатуғыны ҳәм мәселени шеше алатуғын пидайы кадрлар менен толықтырылатуғыны атап өтилди

311

Енди Халық қабыллаўханаларына ўәлаят ҳәм район ҳәкиминиң өзи басшылық ететуғыны белгиленди. Ҳәкимлер ҳәр күни жумысын усы жерде халықтың дәрти ҳәм тәшўишлерин тыңлаўдан баслайды.

“Ҳәкимлер бир нәрсени түсинип алсын, бүгин туўылған машқаланы кейинги күнге көшириўге жол қойылмайды. Мүрәжатты басқа уйымға жибермей сол жердиң өзинде шешеди,”

– деди Президент.

Буның ушын район ҳәкиминиң ўәкилликлери кеңейтиледи. Мәселелерди шешиў ушын қосымша ресурс та бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги