Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Есап палатасына бир ай ишинде Ташкент қаласында өзин ақлаған “Халық қадағалаўы” электрон порталын пүткил республикамызда иске қосыў тапсырылды.
Бул портал арқалы халық қурылыс, абаданластырыў ҳәм инфраструктура машқалаларын сүўретке алып ҳәм анық мәнзилин көрсеткен ҳалда мобил қосымша арқалы жибереди.
Мәселениң шешими де фотосүўрет пенен тастыйықланады. Олардың қаншелли тез ҳәм сапалы шешилиўине қарап, ҳәкимлердиң жумысы күнлик баҳаланып барылады.
Бул система мүрәжатлардың бирден-бир платформасы болады ҳәм оған барлық министрлик, уйым, ҳәкимликлер жалғанады.
ӨзА