Суў ҳәм канализация хызметинен түскен қаржының 10 проценти районларда қалып атыр. Бирақ, зәрүр материаллар таяр турмағаны ушын 2-3 саатта шешилетуғын авариялар 4-5 күнге созылып атыр. Қашан авария болса, кейин материал сатып алынбақта

226

“Районлық шөлкемлер өзин “қадағалаўшы” деп биледи, халықтың аўырын жеңил етиў бойынша хызмет көрсетиў жоқ!” – деди Президентимиз.

Мәселен, Қумқорған районы карантин бөлиминде 8 инспектор тек ғана кемшилик бойынша көрсетпе, экспортқа сертификат бериў менен шуғылланады, фумигация хызметин көрсетпейди.

Экология бөлими де тек ғана терек кесиўди қадағалайды, бирақ “Жасыл мәкан” шеңберинде қай жерге қандай нәл егиў, қаржы дәреги бойынша усыныс бермейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги