Халықаралық дайджест (+видео)

211

Япония сырт елли туристлер ушын кириў қағыйдаларын күшейтпекте. Тийкарғы өзгерислер қатарында мәжбүрий медициналық қамсызландырыў, салық жеңилликлери ҳәм қарызларды қадағалаўды күшейтиў бар. Ол денсаўлықты сақлаў мәкемелерине финанслық жүкти азайтыўға қаратылған.

Сирия мәмлекеттиң арқа-батысында автомобиль ҳәм мотоциклге дронлар соққылары ақыбетинде 2 адам қайтыс болғанын мәлим етти. Идлиб регионындағы 2 дрон ҳүжими ушын жуўапкершиликти ҳеш ким мойнына алмаған. Бирақ Сириядағы АҚШ басшылығындағы коалиция өтмиште бул аймақтағы террористлерге соққылар берген.

Индонезия Түркияның жергиликли ислеп шығарылған KAAN бесинши әўлад қырыўшысы ушын биринши сырт ел қарыйдары болыўы мүмкин. Журналист Хоқон Челикнинг айтыўынша, Анқара ҳәм Жакарта 48 самолёт бойынша баҳасы 10 миллиард долларлық келисимге жүдә жақын тур.

Егер бул даўа тастыйықланса, түрклердиң жергиликли бағдарламасы перспективалы жойбарға айланады. Соның менен бирге, еки мәмлекет арасындағы әскерий бирге ислесиў байланысларының векторы Kaplan танклеринен, Bayraktar дронларынан баслап қырыўшы самолётларға шекем кеңейип, стратегиялық әҳмийетке ийе болады.

БМШтың жаңа демографиялық есабатына бола, Ҳиндстан халқы 2025-жылы 1,46 миллиардқа жеткен. Бул дүньядағы ең жоқары көрсеткиш екени айтылған. Сондай-ақ, мәмлекеттиң улыўма туўылыў дәрежеси төменлегени де қосымша етилген. БМШтың 2025-жылға мөлшерленген Жер жүзи халқының жағдайы (SОWP) есабатында миллионлаған адамлар перзентли болыў мақсети ҳаққында исенимли пикирге ийе емеслиги атап өтилген.

Сирия ҳаяллар ушын пляжда консерватив жаңа кийиниў тәртибин жәриялады. Оған бола, ҳаяллар барлық жәмийетлик пляжларда буркиниде (денени пүткиллей қаплайтуғын жүзиў кийими) жүриўи шәрт. Бул 2024-жылдың декабрь айында ислам көтерилисшилери Башар Асад режимин аўдарғанынан берли соңғы мәдений өзгерис есапланбақта. Туризм министрлиги жаңа тәртип «жәмийетшиликтиң мәплери талаплары» тийкарында ислеп шығылғанын мәлим еткен.

Өзбекстан СИМ Москвадағы рейдте күш ислетиўши структуралардың мигрантларға қарсы ҳәрекетлери бойынша Россияға нота жиберген еди. Россия СИМ мәлимлеме хызметиниң басшысы Мария Захарова бул нотадағы мағлыўматлар дыққат пенен үйренип шығылып атырғанын мәлим етти.

 

Ирода Жўраева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзАның хабаршылары