Нөкис қаласында «Күндизги тәрбия» хызмети жолға қойылды

130

Нөкис қаласында майыплығы болған балалар ушын жаңа социаллық хызмет – «Күндизги тәрбия» хызмети әмелге асырылды. Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Майыплығы болған балаларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында тәжирийбе-сынақ түринде шөлкемлестирилмекте.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы, сондай-ақ, Әндижан, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында басқышпа-басқыш бул хызмет жолға қойылады. Қарақалпақстанда болса биринши болып Нөкис қаласындағы «Балажан» мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Президент жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен усы хызмет жумысы баслап жиберилди.

Бул топарға басқарма жанында жумыс алып барып атырған Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағы тийкарында 13 майыплығы болған бала қабыл етилди. Хызметтиң тийкарғы мақсети – «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, шаңарақлардың мийнет пенен шуғылланыўына тосқынлық етиўши факторларды азайтыў ҳәм балалардың шаңарақ орталығында тәрбияланыўына имканият жаратыў болып есапланады.

Усы мүнәсибет пенен ата-аналар да өз миннетдаршылығын билдирмекте. Олардан бири билай деди:

«Перзентим балалықтан майып, бундай хызметтиң жолға қойылыўы жеке мен ушын ҳәм биз сыяқлы ата-аналар ушын жүдә жақсы болды, деп ойлайман. Президентимизге биз сыяқлы ата-аналарды ойлап исленген бундай ийгиликли басламасы ушын миннетдаршылық билдиремен. Ҳәзир келип бул жердеги шараятлар менен танысып атырман, ҳәммеси жақсы. Перзентим күндиз усы жерде болса, маған жумыс ислеў имканияты жаратылады, балам исенимли қолларда болады».

Жаңа хызметтиң енгизилиўи тек ғана балалардың мүнәсип тәлим-тәрбия алыўына емес, ал олардың ата-аналары ушын да үлкен социаллық жәрдем болады. Бул болса Президент басламаларының турмысқа енгизилип атырғанының және бир әмелий дәлили болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги