Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Сырт ел инвесторлары кеңесиниң мәжилиси шеңберинде Өзбекстан-Саудия Исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы, “ACWA Power” компаниясының басқарма баслығы Муҳаммад Абунайян басшылығындағы ири компаниялардың делегациясын қабыллады.

Ушырасыўда “Vision Invest” ҳәм “Riyadh Cables” компанияларының басшылары да қатнасты.

Бул мәмлекеттиң исбилерменлери менен әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм елимиздеги тийкарғы жойбарларды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Саудияның “ACWA Power” ҳәм басқа да компаниялары менен нәтийжели шериклик жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги күнде биргеликтеги жойбарлар портфели 24 миллиард долларға жеткен. “Жасыл” энергетика тараўындағы жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта. Ташкент ўәлаятында “жасыл” водород ислеп шығарыў жолға қойылды.

Электр тармақларын модернизациялаў, электротехника санаатын раўажландырыў, мәлимлеме технологиялары, транспорт, коммуналлық хожалық ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

 

ӨзА