Жәҳән чемпионаты – енди әрман емес, реал ўақыя!

Нөкис қаласының орайында жайласқан үлкен экранда өткерилген жанлы эфирде мыңлаған ықласбентлер 2026-жылғы Жәҳән чемпионаты сайлап алыў басқышы шеңбериндеги Өзбекстан – Қатар ушырасыўын биргеликте тамашалады. Бул тек ғана футбол ушырасыўы емес, ал пүткил мәмлекет ушын ҳақыйқый байрам, тарийхый күн болды.
Өзбекстан сайланды командасы Қатарды 3:0 есабында жеңди. Ушырасыў Ташкент қаласындағы «Бунёдкор» стадионында болып өтти ҳәм бул жерде 33 мыңнан аслам ықласбент жыйналды. Бул ойын тек ғана стадионды емес, ал елимиздиң барлық қала ҳәм аўылларын бирлестирди. Нөкисте, Әндижанда, Самарқандта, Ферғанада, ҳәмме жерде үлкен экранлар арқалы бул ойынды тамашалады.

Үшинши минутта-ақ стадионда таң қалыўшылық ҳәм үмит сезимлери ҳүким сүре баслады. 28-минутта Азиз Турғунбоев әжайып соққысы менен есапты ашты. Оның соққысы тек ғана дәрўазаны емес, ал миллионлаған жүреклерди «ләрзеге» келтирди.
Екинши бөлимде де Өзбекстан командасы белсене ҳәрекет етти. 86-минутта Элдор Шомуродов жоқары дәрежеде топты қабыл етип, ҳеш қандай имканият қалдырмастан дәрўазаны ийеледи – есап 2:0. 90+2-минутта болса резервтен майданға шыққан Игор Сергеев гол урып, ушырасыўдағы ноқатын қойды – 3:0!

Солай етип, бул жеңис пенен Өзбекстан миллий сайланды командасы топарда 21 упай топлады ҳәм Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.
Ықласбентлер ҳәр бир урылған голды таң қалыўшылық ҳәм қуўаныш пенен қарсы алды. Олардың көзлеринде қуўаныш, мақтаныш сезимлери айқын көринди. Себеби бул нәтийже 34 жылдан берли күтилген тарийхый жеңис еди. Өзбекстан биринши мәрте футбол бойынша Жәҳән чемпионатына жоллама алды.
Бул жетискенликтиң артында тек ғана футболшылар ҳәм тренерлердиң емес, ал пүткил мәмлекеттиң мийнети бар. Әсиресе, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң спорт, әсиресе, футбол тараўына көрсетип атырған айрықша итибары бул нәтийжениң тийкарғы факторларынан бири болып есапланады. Президент басламасы менен барлық аймақларда заманагөй стадионлар, балалар футбол мектеплери, спорт академиялары шөлкемлестирилди. Миллий сайланды командаға күшли қәнигелер тартылды, физикалық ҳәм психологиялық таярлықтың заманагөй усыллары енгизилди.

Бул жеңис тек ғана спортта емес, ал халқымыздың аўызбиршилиги, ерк-ықрары ҳәм миллий мақтанышының және бир айқын көриниси болып табылады. Бул тарийхый күн елимиз перзентлериниң жүрегинде узақ жыллар даўамында сақланады.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Автордың түсирген сүўретлери