Өзбекстан ҳәм Словакия: жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықты

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, Словакия Республикасының Бас министри Роберт Фицо рәсмий сапар менен мәмлекетимизде болып тур.
Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов бул сапар етиў ҳаққында өз пикирлерин билдирди:
– Өткен жыллар даўамында Өзбекстан ҳәм Словакия арасындағы байланыслар сиясий, экономикалық ҳәм мәдений бағдарларда избе-из раўажланып келмекте. Еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 30 жылдан асты. 2025-жыл 9-июнь күни болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер бул бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықты, деп айтыў мүмкин.
Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Словакия Республикасы Бас министри Роберт Фицоның Көксарай резиденциясындағы ушырасыўы шеңберинде саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм санаат тараўларындағы бирге ислесиўди тереңлестириўге байланыслы кең көлемли келисимлерге ерисилди. Соның ишинде, еки тәреп тоқымашылық, электротехника, химия ҳәм фармацевтика өнимлери, автомобильдиң аўысық бөлеклери ҳәм полимерлер сыяқлы өнимлер менен өз-ара саўданы кеңейтиўге келисип алды.
Және бир әҳмийетли қәдем сыпатында Словакияның жетекши компаниялары менен санаат кооперациясын жолға қойыў режелестирилип атырғанын атап өтиў керек. Бул, соның ишинде, автомобиль қурылысындағы локализациялаў, “жасыл” энергетика, туризм ҳәм агросанаат комплекслерин қамтып алады. Бундай басламалар еки тәреплеме байланысларды тереңлестирип ғана қоймастан, ал Өзбекстан санаатын инновациялық бағдарға бағдарлаўда да үлкен әҳмийетке ийе.
Мәмлекет басшыларының ушырасыўы даўамында техникалық тәртипке салыў, метрология, стартап инвестициялар ҳәм IT -венчур фондлары бағдарындағы бирге ислесиў де додаланып, анық режелер ислеп шығылды. Биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын қаржы қуралларын иске қосыў усынысы қоллап-қуўатланды.
Соны айрықша атап өтиў керек, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстан сыртқы сиясатта әмелий ҳәм ашық-айдын бирге ислесиў принциплерине сүйенетуғын тең салмақлы жолды таңлады. Бул қатнас, әсиресе, стратегиялық шериклер менен қатнасықларды беккемлеў ҳәм экономикалық мәплерди жүзеге шығарыўда өз нәтийжесин көрсетпекте.
Әлбетте, бүгинги глобал орталықта исенимли шериклер менен экономикалық байланысларды беккемлеў Өзбекстанның ашық ҳәм турақлы раўажланыўға тийкарланған сыртқы сиясатының әҳмийетли қурамлық бөлеги болып есапланады. Словакия менен қәлиплесип атырған бул шериклик болса еки мәмлекет халқына реал пайда келтиретуғын нәтийжелерге хызмет етеди.
ӨзА