Өзбекстан ҳәм Болгария өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтеди

552

Ташкент қаласында болып өткен сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Болгария Республикасы Президенти Румен Радев Еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Жетекшилердиң қатнасыўында еки тәреплеме ҳүжжетлер, соның ишинде, Сыртқы ислер министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы және Ташкент ҳәм София қалалары арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисим алмасылды.

ӨзА