10-июнь күни Көксарай резиденциясында мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Болгария Республикасы Президенти Румен Радевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Резиденция алдындағы майданда еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Президентимиз жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алып,  минберге мирәт етти.

Мәмлекет гимнлери жаңлады. Әскерий оркестр ҳаўазлары астында жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Биргеликте  сүўретке  түскеннен кейин, мәмлекет басшыларының делегациялар қатнасыўындағы  сөйлесиўлери басланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги